⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОЛЖАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Уйғарыў, байқаў, бағдарлаў, алдынан билиў. Көз алдынан көп болжаў, Шабалақлап өтеди («Қырқ қыз»). Болар исти болжасам, Оған кулақ салмадың («Қырқ қыз»). Еки бирдей жас қайсар, Атланғанын душпанға, Ҳәсенхан болжап биледи («Ер Зийўар»). 2. Бақлаўлар арқалы шамалаў. ... болжаў көрсеткишлери 100.9 проңентке орынланыўы ҳәм 2017-жылдың биринши ярым жылдығына салыстырғанда 25 проңент өсимге ерисиў мөлшерленбекте (газетадан). О Алдын болжаў — алдағы болажақ нәрсени, ҳәдийсени билиў, болажақ исти байқаў. ... Айымжамал алдын болжап, ал қызлар орақларың тиселген, бурьшғьщан бес бетер өткир болсын (Ө.Хожаниязов). Болжаў жүргизиў — алдағы болатуғын нәрсеге ой жуўыртыў, байқаў, уйғарыў. ...бундай болжаў жүргизиўге мүмкиншилик береди (Қ.Мақсетов).