БОЙЫНША
Қарақалпақша
к.с. Соның менен, солайша, әдетинше, түринде, себеби, себебинен, сондықтан, солай болса да, деген менен.
Бул бойынша оның өмиринде толып атырган эпизодлар бар (Қ.Айымбетов).
0 Әсирлер бойынша - даўамынша, бәрхама, мудамы.
Бул әсирлер бойынша жасайды (Н.Жапақов).
Тәжирийбе бойынша — усылы менен, даналығы менен, уқыбы менен.
Дийқан жерди таныйды, тәжирийбе бойынша (Б.Қайыпназаров).
Қарары бойынша — қарары менен.
Ҳәзирше кешеги бюроның қарары бойынша дән планды орынлаўға күш салыңлар (Т.Қайыпбергенов).
Буйрығы бойынша — буйрығы менен, буйрығына муўапық, буйрығына тийкарлана отырып.
Сержанның буйрығы бойынша отын терип келди (Т.Қайыпбергенов).