ат. 1. Бир нәрсениң, заттың бийиклиги, тиги, тик бойы, узынлығы, бийиклиги.
Өрбиген өсимликтиң, Көлеңке тортты бойын (Г.Есемуратов).
2. Адамның, ҳайўанаттын, жанлыжаныўарлардың денеси, турқы, келбети.
Тал шыбықтай таўланган, Көрип қыздың бойыны, Ашық болды қан жутып, Жиберип мақсет ойыны («Мәспатша»).
3. Жаптың, каналдың, дәрьяның, теңиздиң, көлдиң, өзектиң, суўдың, жолдың хәм тағы басқа да нәрселердиң бойы, жағасы, қыры, ернеги.
Бир ўақлары Хийўа хан Таллық деген дәрьяның, Бойына жетип барады (Бердақ).
Жол бойы қыялымнан Рүстемниң сөзлери өтти (С.Салиев).
4. Кийимниң алдынғы еки өңири, артқы бойы, узыны.
Үзликсиз тонлар пишилсе, Бой болар да сын болмас (ққ.х.қ.).
5. Бойынша, белгили бир ўақыт ишинде, мезгил ишинде.
— Әмиўдәрья өз суўларын ағызып келип атырған ылайдың майда бөлшеклерин мың жыллар бойына муқыят жыйнастырып сақлады (газетадан).
Ол жатқан бойы уйқылап қалды (ққ.х.е.).
6. Адам денесиндеги болатуғын ҳәр қыйлы хәдийселер, жағдайлар, минезлер, өзгерислер.
Муҳаббат жалынын бойда лаўлатқан, Үлгили исиң бе, яки сөзиң бе? (Х.Сейтов).
Мениң өз бойыма питкен бир минез бар (Ж.Сейтназаров).
0 Бойы ләң болыў — денеси ислемей қалыў, жансыз қалыў, майып болыў.
Әреби ат қарыс жалы болмаса, Арқасы жаўырдан бойы ләң болар (Әжинияз).
Бойына хәмиле питиў — қурсақ көтериў.
Кешикпей-ақ Қарашаштың бойына ҳәмиле питти («Мәспатша»).
Ебирейген бой — келисиксиз дене.
Хеш кимге де көрсетпе, Ебирейген бойыңды («Қырқ қыз»).
Бойынан қуртыў — ойынан, денесинен шығарыў, жоқ етиў, қол үзиў.
Сениң мақсетиң езиўшилерди әз бойыңнан қуртыў еди, ...(Қ.Ирманов).
Собырайған сопақ бой — жиңишке узын дене, геўде.
Собырайған сопақ бойы бар, Ойлаған бузық ойы бар (Әтеш).
Бойға тартыў — өсиў, улғайыў.
Айналайын жас бөбегим, Өс тезирек бойға тартып (И.Юсупов).
Бойға тарамаў — сиңбэў, жайласпаў.
Тарамайды бойына, Пал қосса да ишкен ас («Қырқ қыз»).
Бой тасалаў — жасырыў, көрсетпеў.
Бойын тасалап жатты («Алпамыс»).
Бойға шапшыў — умтылыў, секириў, өрмелеў.
Бойға шапшыдың ғой сен келе-келе, Тоқта, асықпа, мәккар сулыўым (И.Юсупов).
Бой кернэў — кеңейиў, өсириў, раўажланыў.
Ой артынан ой туўып, Бой кернеди қуўаныш (Г.Есемуратов).
Бой қалтыраў — қалшылдаў, дирилдеў, титирениў.
Қалтырасып бойлары, Туўрылап тонға баратыр (Т.Әбдираман).
Бой жазыў — еркин жүриў, керилиў, созылыў.
Қысқарып жол бөлип ойын, Сыртқа шығып, жазып бойын (Ш.Артық).
Бой өсириў — узайыў, созылыў, бийиклеў, көтерилиў, раўажланыў.
Он бесимде талдай бойым өседи, Мәртим келмей көкейимди кеседи («Алпамыс»).
Бойы қызыў — ысыў, жылыў.
Күндизине күн нурынан бойы қызып баўыры жибискен жер, ...қыр әтирапқа әжайып тынышлық шөккен (А.Бекимбетов).
Планета бойлаў — көтерилиў, жоқарылаў, хаўаланыў, ушыў.
Планета бойлап шамал еседи, Жулдызларға, алға жетик деседи (Х.Сейтов).
Бой бермэў — терең, шүңгил, түпсиз.
Курбанда бар ҳәзир күшли еки ой: Биреўи шьш, бири түпсиз, бермей бой (И.Юсупов).
Бой таслаў — кулаў, жығылыў.
Ийримге таслаоым жардан бойымды, Әй жаслық-ай! ойлап па екен қәўипти (К.Султанов).
Бойын тиклэў — түргелиў, тик турыў, тәўир болыў, жақсы болыў, етине қан жуўырыў, турмысы тәўир болыў.
Перзентлердиң тикледи бойын, Пал суўыннан нәр тартқан сәҳәр (Г.Есемуратов).
Бойды балқытыў — еритиў, жумсартыў ...Зийнептиң жуўабы Әлибектиң сүйегин қыздырып, бойын балқытып-ақ жиберди (газетадан).
Бойға күш косыў — қарыўландырыў, жигерлендириў, ғайратландырыў.
Шадлы қосық шарлар алға, Куш қосады бойыңа (И.Юсупов).
Бойы-бойына жарасыў — сәйкес келиў, жарасыў.
Жеткен болсаң ойына, Жарассын бойы-бойыңа (Ә.Шамуратов).
Бой-бой болыў — өрим-өрим болыў, дал-дал болыў, пыррым-пыррым болыў, жыртық болыў.
Үсти басым болып бой-бой, Тамақ ушын баққаным қой (Бердақ).
Бой-бойы менен — қатары менен, узынына.
... көшелерди бой-бойы менен байларға сатып, ақша алып қойды (Қ.Ирманов).
Бойда жигер — йош, хүждан.
Зор планлар дүздиң жаңа өмирге, Тастырып халқымның бойда жигерин (Т.Сейтжанов).
Бойы жеңил — қуўнақ, шаққан.
Денеси қуўнақ, бойы жеңил жүрегин басқан зәрдели пердени сәҳәр самалы желпип алғандай толықсый ма, шәўкилдей ме, балқый ма, кулласы, бир ләззеттен нәр алып тур (К.Султанов).
Бой жылыў — ысыў, қызыў.
Уйқы деген жаўымыз емес пе, бойым жылып қалды да, буйығып кеттим (Ө.Айжанов).
Арқан бойлы — күнниң көк жийектен арқанның узынлығындай көтерилиўи, күнниң өз уясынан азғана жоқары көтерилиўи.
Күн арқан бойлы көтерилип киятырған ўақыт еди (Ө.Хожаниязов).
Атам күн арқан бойы көтерилген ўақытта қайтып келди (М.Чимбергенов).
Бой жыйыў — есин жыйнаў, басқарыў, менгериў, бийлеў.
Жылаған ел күлимсиреп, Бойын жыйған күндур бүгин (газетадан).
Бойына тараў — ишкени бойына сиңи, жуғыў.
Ишкен асың өз бойыңа тарағанын бизлер көрдик (С.Мәжитов).
Шарға бой — өспей қатып қалған бой, кишкене келте бой.
Аў салсам көлине, балық түспейди, Тамағым аш, шарға бойым өспейди (Омар).
Тула бойы — денеси, турқы, геўдеси.
Тула бойынан сыбақ тер ақты (К.Султанов).
Келген бойы — келип турған ўақыт, сол ўақыт.
Фронттан усы келип турған бойың ба, иним? (Ө.Хожаниязов).
Тула бойын жуўлатыў — денесин титирентиў, қалтыратыў.
Суўық сөз бала-шағадан баслап ақ шашлы ғаррыларға шекем барлық адамның тула бойын жуўлатты (К.Айымбетов).
Бойына питкен минез — әдет, қылық, минези, кулқы.
Бойына ниткен минези — өтирик-өсек пенен иси жоқ (К.Султанов).
Ай бойы, ай даўамында, ай ишинде.
Үш ай бойы докторханада жатып зорға жазылдым (Ж.Аймурзаев).
Жыл бойы — жыл даўамында, жыл ишинде.
Мийрим қанбас саўлатыңа, Аралым, Мың жыл бойы көзди тигип қарасам (Т.Сейтжанов).
Бойдағы қәлдәрман — күш, дәрман, куўат, ғайрат.
Сен едиң ғой мениң жаным, Бойымдағы ҳәл-дәрманым (Ш.Артық).
Бойдағы қәсийет — қылық, әдет, минез-қулық.
Қәсийетим бойымдағы, Басқа толып турған сайын (Ш.Артық).