⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОЗЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Өкирип жылаў, еңиреп жылаў. Қыздың сыңсып бозлап жылаған ашшы даўысы шықты (К.Султанов). — Ата, ҳәй ата! — қыз усыны айтьш буўлығып, бозлап, еңиреп жиберди (К.Султанов). 2. Ботасы өлген түйениң қайғыланыўы, қыйналыўы, бозлаўы. Бозлаған нардан айырып, Ботаны қылды бир басқа (Бердақ). Ботасы өлген түйедей, Қуў далада бозлады («Қырқ қыз»). Боталағын жоғалтқан нардай бозлаған даўысын жүрегимди жарды ғой, — деди Қәдирбай ишке кирип босағада турып, ...(А.Бекимбетов).