⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОЗАРЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Түри өзгериў, реңки қашыў, өңи өзгериў түнериў, қуўарыў. Қызлардың түри бозарып, бетинен қаны қашып кетти (Қ.Аралбаев). Жәмийла түси бозарып, еки көзи теңиздей түнерди (К.Султанов). ...ол биресе қызарды, биресе бозарды (М.Әбдреймов). 2. Таңның ағарып атыўы, сарғылт тартыўы. Таң бозарып саз берди (С.Хожаниязов). Мәҳәлинде бозарып таң атады (Ә.Шамуратов).