БОЗ I
Қарақалпақша
ат. Шаңғытып жатырған топыраклы жер.
Боз жер уйқысынан оянған палўандай керилип атыр (Ғ.Сейтназаров).
Булардан да өтип бир далаңлықтағы боз бенен кетип баратырса, жолдың шетинде кумырысқалардың өз инине кире алмай турғанын көрипти (ққ.х.е.).
Бул ислерди етип кумар, Бозлардан аўдарып томар (Омар).
0 Боз бузаўлаў — бозжерге еғилген егинниң көп өним бериўи.
«Боз бузаўлаў» дегендей, Өним берер жер екен (Б.Қайыпназаров).
Бозларын бузаўлап, Ортаң толысып, Исиң раўаж алып барар, Қоңырат (И.Юсупов).