⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЛОКАДА

Қарақалпақша

ат. (ингл. blockade — қамал; қоршаў) 1. әск. Қамаў, қоршаў, қамал. Урыс пайытында бир тәрептиң екинши бир (душпан) тәрептиң айырым бир бөлегин ямаса толық қоршап алыўы, қамал қылыўы. Ол усы күннен баслап блокадада калды, ...(газетадан). 2. сияс. Бир мәмлекетти экономикалық хәм сиясий жақтан жекке қалдырыў, оның басқа мәмлекетлер менен байланысын үзиў мақсетинде иеленген қысым, ҳүжим, ҳәрекет. Сиясий блокада. Экономикалық блокада. Усыннан баслап оларға блокада шөлкемлестирилди (газетадан). 3. мед. Кеселликти даўалаўдын қандай да бир ағза яки система искерлигин ўактынша тоқтатыў усылы.