БИСМИЛЛА
Қарақалпақша
ат. дин. 1. Ҳәр қандай жумысларды баслаўда, тамақ ишиўдин алдында мусылман дининдегилердиң «қудайдың, Алланың исми менен» деген мәниде айтылатуғын сөз, «баслаймыз» деген мәнини билдиреди.
Жигирма бир табақ жасады, Бисмилла айтып асады (Бердақ).
Я рәббим, нанға да жетер күнлер бар екен-ғо, жеткергениңе шүкир, бисмилла! — деп наннан сындырып аўзына салды (Қ.Мәтмуратов).
2. «Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм» түринде, қуранның сүресиниң және диний китапларынан, динлик мәниде (стильде) жазылған хатлардың ҳәм тағы басқа, басқы, бастағы сөз қатарында қолланылады.
Соннан соң екинши жигит қолын узатып «мә», — деген екен.
Қәне, «Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм» — деп еки қолын узатып, туўра умтылыпты ғой (К.Султанов).