⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИРИКТИРИЎ

Қарақалпақша

ф. Шөлкемлестириў, жәмлестириў, бирлестириў, бирғелестириў, мәмилеге келтириў. Ол екеўимиз ақыл-күш бириктирип балаларға басшы болдық (Ж.Аймурзаев). ... адам менен бириктирип қараў мине әдиўли ўазыйпа (Г.Есемуратов). Бас бириктириў — бас косыў, биргелесиў, косылысыў. Көплеп түркменлердин батырлары бас бириктирди (Қ.Ирманов). Аўыз бириктириў, тил бириктириў — бирлесип, биргелесип бир нәрсе ислеў. Демниң арасында аўыз бириктирип сыр айтысатуғын солар ма? (Т.Қайыпбергенов). Бизлер булардан кембиз бе, буларды өзимизге қосып аламыз, болмаса көширип жибериў нийетинде тил бириктирип, сырттан шапан пишип, қыр көрсетип жүрген қазақтың шеки урыўының бийлери де Сасық бийди ҳүрметлеп, жәрдемшиси Мухамметтиң алдында тартынып сөйлейтуғын болды (Ж.Муратбаев). Күш бириктириў — жәмлесиў, биригиў, күшлерди жәмлеў, бирлесиў. Зулыпты қосып үшеўи, Күш бириктирип тартады (А.Дабылов).