БИРЖА
Қарақалпақша
ат. 1. Бахалы қағазлар, валюталар ҳәм ҳәр қыйлы товарлардың дүнья жүзилик станларт үлгисинде көтере саўда базарын әмелге асырыўшы шәлкем.
2. Биржа операцияларын әмелге асырыўшы имарат, бина.
Мийнет биржасы — Жумысқа жаллаў ҳәм жалланыўда жумысшы ҳәм ис бериўши арасында хызмет көрсетиўши мәкеме.
Ҳәр бир районда мийнет биржасы шөлкемлестирилди (Өзбекстан тарийхы).
Товар биржасы — Ҳәр қыйлы массалық товарлар (дән, пахта) менен саўда-сатық қылатуғын биржа.
Товар-шийки зат биржаларына биржада сатылатуғын өнимлерди сақлаў ҳәм логистика етиў (газетадан).
Фонд биржасы — Баҳалы қағазлар саўдасы менен шуғылланатуғын биржа.