БИРГЕ
Қарақалпақша
р. Бирликте, бирлесип, биргелесип.
Оның бул минези өзи менен бирге туўып, бирге питкен (Т.Қайыпбергенов).
Саў болса ақыр адамның дени, Сәўбет курар бирге өскен жайлаўым (Күнхожа).
Сақалымды қыраў шалмас, Жаслар менен бирге жүрсем (И.Юсупов).
0 Бирге барыў — жолдас болыў, бирге жүриў.
Соның ушын домком менен бизлер де бирге барайық (А.Бекимбетов).
Бирге болыў — бир жерде болыў, бир жерде отырыў, бир жерде жатыў.
Олар түнге қарай ерли-зайыптай бирге болып, түни менен өз ара көп гәплерди сөйлеседи (А.Бекимбетов).
Бирге өсиў — бир аўылда жасаў, турыў, отырыў, тиришилик етиў.
Жети жастан бирге өсип, Жолдас болған перилер («Қырқ қыз»).
Бирге татысыў — жеў, ишиў, аўқатланыў.
...сен де катарыңыздағылар менен бирге татыса ғой мынаны ... (Қ.Ирманов).