⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИРАЗ

Қарақалпақша

р. Көп, бир талай, бир қанша, әдеўир, бир неше. Бул жаўлардың биразына тай келемен («Мәспатша»). Сол күни олар кеште бираз сөйлести (Т.Қайыпбергенов). Излеп бираз журтқа хабарыңды салдым, Дерегиңди таба алмай жанымды алдым («Мәспатша»). 0 Бираздан кейин — бираз ўақыттан соң, бағана. Бираздан кейин ол баяғы әдетин баслады (Қ.Айымбетов). Бираз ўақыт — бир талай ўақыт. Бираз ўақыт күтипти, келетуғын Дошшан жоқ (ққ.х.е.). Бираз-бираз хызметлер — көп түрли, ҳәр қыйлы, көп. Оқыўға кетпестен бурын Мийирбек бираз-бираз хызметлерде ислеген еди (Қ.Айымбетов).