БИР ҚАЙСАР
Қарақалпақша
— а) қарыўлы, ғайратлы, айбатлы, хүжданлы.
Әттең, көрсем, көтерер ем төбеме, Кеўили дәрья сол бир қайсар ананы (К.Султанов).
б) ериншек, қосжақпас, жумысты аз ислеп, қайт болыў.
Жумысты көп ислеп, бир қайсар болыпсаң өзиң (Қ.Айымбетов).
в) сөктиң ҳәм басқа нәрселердиң желинбей, көп турып сақланыўы, көп турып маңызының қашыўы.
Алдымызға бир қайсар сөкти әкелип қойды (Қ.Айымбетов).