с. 1 саны.
Ең киши сан бирлиги.
есаплық сан.
Адамдарды қыраман деп қаст етсем, Бири кеткен менен оны туўылар (И.Юсупов).
Бир ғарры айтса әңгиме, Ол сөз пайдалы кимге, Деп тыңлап отырек ҳәмме, Нәсиятқа қойдым қулақ (Бердақ).
2. Бирим-бирим, дара-дара, жалғыздан-жалғыз, жеке.
Олар бир-бирлеп классқа кире баслады (газетадан).
0 Бир аўыз — көп емес, аз сөз — Сениң кешеги бир аўыз қосығыңа таңдайы журттың тақылдап отыр (Қ.Султанов).
Бир адым — алыс емес, жақын жер.
Бул пақыр үйден бир адым алыс шыққан жоқ (Қ.Султанов).
Бир жамбаслаў — қапталдап отырыў, шығанақлап жатыў.
...келгенлер бир жамбасқа таслап сөйлесе баслады (газетадан).
Бир дизеден отырыў — бир дизеге минип отырыў, ...ҳаял ошақтың басына бир дизелеп отырды (Т.Қайыпбергенов).
Бир түйир — а) ҳеш қандай, дым да, ҳаслан.
Оның бизлерге ҳеш қандай кесенти, бир түйир азары жоқ (А.Бекимбетов).
б) қыйқым, кишкентай, дана, жалғыз.
...урыс ўақытында бир түйир дән туқымы да қәдирли болды (газетадан).
Бир жутым — азғантай, қурттай.
Ол бир жутым суўға зар (Қ.Ирманов).
Бир нышан — белги, нусқа, қал.
— Саўаш күни ойнар басында қалқан, Атадан мен қалған бир нышан (ққ.х.қ.).
Бир өзи, бир өзим — жалғыз өзим, жеке өзи, жалғыздан-жалғыз, бир ғана, дара.
Қыздың бир өзи қалыпты (ққ.х.е.).
Көзим жаслы мен кетермен шарам жоқ, Бир өзимнен басқа пуштыў-панам жоқ (Әжинияз).
Бир өрим — қандай да бир затты ҳәр қыйлы етип бөлек өриў.
Шашынды бир өрим етип өр (Қ.Султанов).
Бир пәс — азғана, шамалы, азмаз.
Бир пәске шекем ойланып отырды (Қ.Аралбаев).
Қарықлар қанып бир пәсте, Толады және шымпылдап (Б.Қайыпназаров).
Бир пул — қуры, босқа, ешейин, мәзи, пуш болыў.
Биз дүньядан көшкен менен дүньяға бир пул, Жерден изимиз өшкен менен дүньяға бир пул (И.Юсупов).
Саллақыға басшы деп, Бир пул етти сәнинди («Қырқ қыз»).
Бир салым — а) бир саларлық, киши төсекше.
Соннан кейин текиймет үстине жайған бир салым гилемшениң үстине барып малдасын қурынды (Қ.Султанов).
б) азырақ нәрселер, затлар.
Өзим өлмей байдың баласына қыз туўе, бир салым дуз бермеймен (Қ.Султанов).
Бир сапар — бир рет, бир мәрте, бир ғана.
...бизиң оны бир сапар урғанымыз көзге көрине қойыпты, ...(Қ.Ирманов).
Мен де бир сапар оған тигиле қарап едим (Ж.Сейтназаров).
Бир саўда — а) машақат, ҳәрекет.
Саў болса ағалар адамның дени, Бир басқа бир саўда болды яранлар (Күнхожа).
б) шешим, питим, хакыйқат.
Сиз олай демең, бизики бир саўда (ққ.х.е.).
Бир бап — бирдей, бирге.
Изден еки атлы жеткен соң, сөйлесип турғанлар бир бап пенен жүрип кетти (Т.Қайыпбергенов).
Бир сәри — тәўирлеў, жағдайлаў, жақсылаў, жақсырақ, — Сеники бир сәри, — дейди маған сөзиниң арасында, — ал мен не деп мақтан аман? (Ө.Хожаниязов).
Бир сөзли — ўәдесинде берк, нық, қәҳәрли, өжет.
Палўан қыздың бир сөзли, өзиниң айтқан сөзинен шыға алатуғынын көрип, оған ышқы артты (Ө.Айжанов).
Бир сыр — қупыя, жасырын, ҳәдийсе, жағдай.
Көз алдында турған яңлы, Саған бир сыр айтайын мен (Ж.Аймурзаев).
Бир сүргин — бир саўда, машақат, ҳәдийсе, жаман ҳәрекет, жаман жағдай, жаман аўхал.
Астынан түскейлер душпанның тахты, Бир басқа бир сүргин болды яранлар (Күнхожа).
Бир сыпыра — биргелки, бирдей, теңдей, бир тегис, бир қанша, айырым, базыбиреў, гейпара.
...бир сыпыра кемшиликлер ядқа алынды (газетадан).
Бир табақ — табақ толы зат, ас, аўқат.
«Төркиниң бир табақ ас таўып бере алмады (Қ.Султанов).
Бир табан — қурттай жер, табандай жер.
Па, ана бир шабандоздың бир табаннан қайтыўын қара (Н.Дәўқараев).
Бир тал — бир түйир, бир дана, қурттай, азғантай.
...бир тал шашына алмайман, — деп гүбирленип қойды (С.Айний).
Бир тамшы — қурттай, аз, күтә аз, азғантай.
Үстинен бир тамшы да жаўын өтпейди.
(Ө.Айжанов).
Бир татыў — дәмин көриў, ишиў.
Көргизбеде ушыратып.
Көрген екен, Бир татып (Т.Сейтжанов).
Бир тәреп — бир жаққа, бир қапталға, бир бөлек, бир жақ.
Шақул мылтықты бир тәрепке зыңғытты (С.Айний).
Бир тилек — әрман, нийет.
Бизиң билек, Беккем бирлик, Қос билеқ Бизиң тилек, Қызыл туўлы Бир тилек (Ж.Аймурзаев).
Бир төбе — а) бийик, дөң, төбешик.
Анаў көринген, бир төбеден өткеннен кейин бизиң аўыл (газетадан).
б) шоқ, шоқ-шоқ, топар-топар, көп.
Соннан соң бизлер бес-алты бала бир төбе болып ойынды басладық (Ә.Шамуратов).
в) бир нәрселерди бөлек-бөлек етип бөлиў, деңгене бөлистиргенде гөшлерди төбелеў, бөлистириў.... олар да бир төбе гөш алды (Қ.Айымбетов).
г) бөлек турарлық, татырлық, бир басқа, зыят, артық.
...бул бала ҳәммеге қарағанда бир төбе больш көринеди (ққ.х.е.).
д) тиришилик ететуғын дәўир, дүнья, өмирлик ететуғын ўақыт.
Ҳәмме жүрип өтетуғын төбе, Өмир барда бахыт пенен мәртебе (Т.Жумамуратов).
Бир түрли болыў — а) бузылысыў, минези өзгериў.
Усы күнлери сен бир түрли болып баратырсаң (Ә.Шамуратов).
б) түри өзгериў, хошы болмаў.
Буны көрген Артықтың түр-түси бир түрли болып кетти.
(Ж.Аймурзаев).
Бир тулып — а) торақ салыў ушын териден иеленген дөңгелек ыдыс.
...бир шанаш ун, бир тулып торақ, бир-еки қарын қаңсып кеткен май алып келип еди (Қ.Султанов).
б) аўыс. ҳеш ким менен сөйлеспеў, бөлек жүриў, өз алдына жүриў, бултыйып жүриў, тобарсыў.
...оның әдети бир тулып болады да жүреди (Қ.Айымбетов).
Бир тийин — а) ақша, пул, гүмис ақша.
Бир тийинсиз Сапардың қанжығасына байлап жибергенимди умыттың ба, қатын! (Қ.Султанов).
б) аўыс, баҳаланбаў, бир баҳаға турмаў, босқа.
Шаққанлық исти етпесе, Иси оның бир тийин («Қырқ қыз»).
Бир тырнақ — аўыс, перзент, бала, мал, дүнья.
Әўлийе қалмай түнеди.
Бир тырнаққа зар болды (ққ.х.е).
Бир ўақ, бир ўақыт, бир ўақытта — белгисиз бир ўақыт, жағдай, ...айтсаң қай ўақ бир ўақ, сеннен өшимди аламан (А.Бекимбетов).
Усыныс етти бир ўақта.
Бир қызға былай қурдасы (Б.Қайыпназаров).
Бир ўақытта қашарманнан буйрық алған шабандоздай, атлардың басын арқаға қаратып, саўырсынына қамшыны тартып-тартып жиберди (Қ.Султанов).
Бир уртлам — а) нәрсе жоқ, дым жоқ, наўасы да жоқ.
...жолаўшыға қолайлы бир уртлам суўы жоқ шөллик,... (Қ.Досанов).
б) аўыс. толтырып ишкендей, аз, жүдә аз, қурттай.
Көмекбайдың қуўғынына ушырап, бир қысым от та, бир уртлам суў да ишкен жоқ (Ж.Аймурзаев).
Бир уўыс — бир қысым нәрсе.
Жаббар көседен бир уўыс көмир қалар еди (Айбек).
Бир үйир — топар, дүркин.
...хожайынның бир үйир таўықлары топырақты тинтип атыр (С.Айний).
Бир шанаш — ун, тақан, гүриш, сөк, тағы басқа майда нәрселерди салып қойыў ушын жуқа териден узынша етип иеленген ыдыс.... бир шанаш ун, бир тулып торақ, бир-еки қарын қаңсып кеткен май алып келип еди (Қ.Султанов).
Бир шуқым — қурттай, аз.
Суўға кеткенлердиң қәдирин билип, Ата-анамда бир шуқым қуў қалмады (Әтеш).
Бир ыңғай — бир жөн, бир шетирек, бир тәреплеме, бир жақ.
...бир ыңғайлаў жайылып жүрген сыйырларға қарады (Ж.Сейтназаров).
Бир қыял — ой, пикир.
Кеўилимниң қанасын алып бир қыял, Бар тула бойымды тутып турыпты (А.Дабылов).
Бир буўат — бир қолтық, бир дәсте, бир топ, бар баў.
...ол бир буўат ҳәр түрли газета-журналларды усынды (Ө.Хожанов).
Бир топар — көпшилик, топарласқан адамлар.
...бағдың ортасында бир топар бала-шағалалар жүр (Ә.Шамуратов).
Бир жерге түйиў — жуўмақдаў, шешимге келиў, жуўмаққа келиў, келисиў.
Гөпти бир жерге түйип жыйнақғы жаўды (Қ.Султанов).
Бир ҳәдийсе — ўақыя, ҳәрекет, жағдай, аўҳал.
Ол кейнине бурылып бир ҳәдийсени гүрриң ете баслады (С.Хожаниязов).
Бир мезгил — ярым күн, күнниң ярымы.
Бир мезгил оқысақ, Бир мезгил колхозымыздың атызында боламыз (Т.Қайыпбергенов).
Бир күш — қүдирет, ҳәрекет.
Бир күш пайда болар менде (И.Юсупов).
Бир керилиў — керилиў, созылыў.
Көзлерин уўқалап бир керилди (Т.Қайыпбергенов).
Бир айып ислеў — кемшилик ислеў, билмеслик қылыў, айып қылыў, қәтелик қылыў.
Бирақ, бир айып ислеп бастан өткерип алғанын соң сезди (Т.Қайыпбергенов).
Бир туўысқандай болыў — татыў турыў, мәмилешиликте жасаў.
Ар-намыс бир туўысқандай болыў, Жүрегимиз сизлер ушын (Ж.Аймурзаев).
Бир хожалық — бир үй, бир семья болып отырыў, туўысқандай болыў, жасаў.
Бир хожалық агзасындай, Татыў, шадлы жасар халқың (И.Юсупов).
Темирхан ата кемпири менен екеўи бир хожалықта турады (Т.Қайыпбергенов).
Бир муҳаббат орнаў — жақсы көриў, сүйиў, қәлеў.
Миллионлардай мениң де, Бир муҳаббат орнаған, Жүрегимниң төринде (Қ.Султанов).
Бир гезде, бир мәҳәлде — ҳәзир, усы ўақыт.
Бир гезде издеги кеме даўыс жетер жерде қалып еди (Қ.Султанов).
Бир мәҳәлде қыз орнынан ырғып турды да аттың қасында турған адамға бойын таслап: — Баўырым... Әжиниязжан! — деп сыңсып, өкирип қоя берди (Қ.Султанов).
Бир шолып өтиў — аралаў, көзден өткериў.
Конвертти қолына алып сестин шығармай бир шолып өткеннен кейин қайтадан қәдимги қәлпине келди (Т.Қайыпбергенов).
Бир табақтан ишиў — бирге ишиў, табақлас болыў.
Екеўимиз бир табақтан ишкен соң биримиздиң басымыз биримизге тийе береди (Қ.Айымбетов).
Бир дәрт — әрман, қайғы, күйик, уўайым.
Бул да маған бир дәрт болды (Қ.Айымбетов).
Бир тамсаныў — шайнаў, жутыў, жутыныў, аўызын қыймылдатыў.
...Атамурат бир тамсанып қойды да сөзин баслап жиберди (Т.Қайыпбергенов).
Бир минут — жүдә аз ўақыт, мөлшер.
Қулласы, бир минут ўақтын бос жибермейди (Ө.Хожанов).
Бир нәсият — кеңес, үгит, ақыл бериў.
— Бир нәсиятым, — деди Темирхан ата сөзин жалғастыра келип (Т.Қайыпбергенов).
Бир дүркин — топ, топ-топ, көп.
Ҳәр бир аўылда бир дүркин болып өскен жигит ҳәм қызлар болды (Қ.Султанов).
Бир сумлық — қәдийсениң, ўақыяның, бәлениң.
Ол ишинен ойланып бир сумлықтың болып жүргенин жети жасар қыз сезетуғын еди («Алпамыс»).
Бир усыныс — пикир, ой, өтиниш.
Бирақ, менде бир усыныс бар (Қ.Султанов).
Бир ҳәпте — бир жума, бар базар арасы, бир жети күн.
Бир ҳәптеге шекем Базарханның аяғы жазылмай жүрди (Ө.Хожанов).
Бир беткей — бир жаққа, бағытқа, бир тәрепке.
— Жоқ, бундай емес, — деп есик жақта бир беткей отырған адырақ көзли, жалпақ бет, ақ қуба жигит жуўап берди (Қ.Султанов).
Ҳәўлидеги суўларды бир беткей ығызды (С.Айний).
Бирин-бири — өз ара.
Кеўилинде жақсылық бар адамлар, Бирин-бири баўырына басады (С.Нийетуллаев).
Бир-бир ушыў — қәдири өтиў, күсеў, сағыныў, жақсы көриў, ынтығыў.
Еситип қамыстың суўда қалысын, Көзлеринен бир-бир ушты сур ешек (Қ.Ирманов).
Бир-бирэў — бирин-бири, өзли-өзи, өз ара, бир-бири.
...бир-биреўин критика етсе, тартысады, ..(Ө.Айжанов).
Бир-биреў ушырасып көрисип турамыз (Ө.