⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИЛЬЯРД

Қарақалпақша

ат. Төрт мүйешинде ҳәм қапталында шуқырлықлары (лузалары) бар, бортлы столда арнаўлы таяқшаның (кий) ушы менен шарларды урып лузаларға түсирип ойнайтуғын ойын. ... екинши жайдан бильярд тасларының шақылдаған даўысы еситилип тур (С.Хожаниязов). Ҳәзир мени бильярдтан утатуғын адам қала бойынша жоқ (М.Нызанов).