⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИЛИМЛЕНДИРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Халыққа билим бериў, билимли етиў, саўатландырыў. Билимлендириў системасы, Билимлендириў ҳаққындағы Нызам. Жоқары Билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында (газетадан). Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққындагы Нызамы» жәрияланған күннен баслап ҳәрекетке енгизилсин (газетадан). 2. Билим бериў ушын арналған мәкеме, шөлкем, шақап, бөлим. Хожели районлық билимлендириў шақабы менен бирликте,... (газетадан). Районлық билимлендириў бөлимине шыдамады ма, яки муғаллимшиликтен шығып қаламан ба деп қорықты ма, яки өзи ақылға кирди ме,... (Қ.Айымбетов).