⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИЛИМ

Қарақалпақша

ат. 1. Ақыл, түсиник, хабар, тәбияттағы қубылыслардың раўажланыў нызамлықларын ой жүргизип, ойланып үйрениў системасы. Таўдан аққан яки булақ. Билим жағы суў яңлыды (Әтеш). Китапты көп оқып зейини ашылып, Билими бурқылдап тасып өрледи (А.Дабылов). 2. Тийисли оқыў орны арқалы берилетуғын илимий мағлыўмат. Оқып билим алыўды мен әдептен-ақ нан, ҳаўа адамға қандай керек болса, оны да сондай керекли деп билдим (А.Бекимбетов). Жигит болдым билимли, Көтерғен гедей жалаўын, ким? - деп күнде сорадым (К.Султанов). Билим алыў — белгили бир оқыў орнында оқыў, билим беретуғын жерде тәрбияланыў. ...билим алыўға келғен дәслепки қарлығашлар еди (Г.Есемуратов). Шадлы Ўатан балалары, оқып билим ала бер (Т.Сейитмамутов). Билим бериў — белгили бир оқыў орнында адамларды тәрбиялап оқытыў, саўатын ашыў, саўатландырыў. ... қарақалпақ классик шайырлары шығармаларының оғада үлкен тарийхый, билим бериў және тәрбиялық әхмийети бар (Б.Исмайлов).