БИЛЕТ
Қарақалпақша
ат. 1. Белгили бир шөлкемниң ағзасы екенлигин тастыйықлайтуғын хүжжет.
Капитан Қылышевтың колхоз дәптершесин, билетин, бир-еки справкаларын бирме-бир ашып оқып көрди (А.Бекимбетов).
Партия билети баўырында, Батырлық йош берди ме (К.Султанов).
2. Транспорт түрлеринен пайдаланыўға ҳақылы, еркли екенлигин билдиретуғын, дәлиллейтуғын ҳүжжет қағаз.
Саррас екен темир жолы, Метрода адам толы, Отыз тийин билет пулы, Ҳәр мингенде берип келдим (А.Дабылов).
3. Театр, кинотеатрға кирип тамашалаў ушын берилетуғын қағаз.
Мен де алдым, сол сеансқа билет те түўесилди (Ш.Сейтов).
4. Әскерий билет.
Әскерий ҳүжжет.
— Дурыс, атларға ҳәзир де әскерий билет берилип атыр (Ш.Сейтов).