БИЛЕК I
Қарақалпақша
ат. 1. Адамдардың шығанағы менен қолдың қосарының билезикликтиң басына шекемги мүшеси, аралығы.
Жасаўыл қара баланың билегинен шырп етип ўелады (К.Султанов).
Билекте билезик, бармақта жүзик, Оның бармакдары гүмис яңлыды (ққ.х.қ.).
2. аўыс. Күш, мийнет, жумыс.
Билеги жуўан бирди жығады, Билими бар мыңды жығады (ққ.х.н.).
Жүректе жаслық жигери, Билекте тасқын қуўат бар (Б.Қайыпназаров).
Әне билек, әне күш, Әне ғайрат, әне ис, Гәҳи қалада, гә далада, Салды мәртлер бир урыс («Қоблан»).
0 Ақ билек — сулыў, формалы билек.
Ақ билегиң болмаса, Алты жерден қас қойып, Билезик салмақ не пайда (ққ.х.қ).
Дүрс-дүрс етип барып жүрек басылды, Ақ билеклер мойнына да асылды (И.Юсупов).
Нәзик билек — жиңишке, әззи, қылдай.
Нәзик екен оның билеги, ... (газетадан).
Жиңишке билек — кишкене, нәзик, қылдай.
Жулқынса да Сержанның жиңишке билегин нәмнаған қол қыймылдатпады (Т.Қайыпбергенов).
Талмас билек — күшли, қарыўлы.
Кайтпас жүрек, талмас билек.
Қол усласып бассаң кетер (Қ.Ирманов).
Сом билек — билеги етли, қарыўлы билек.
Сақал-мурты шықпаған, сулыўшық, бойшаң, сом билек (Б.Қайыпназаров).
Арыстай билек — узын, үлкен.
Формалары ылашықтай, Билеклери арыстай, Мурынлары қарыстай, Балтырлары талыстай («Алпамыс»).
Жумыры билек — булшық етли, дуғыжым, жуўан, қарыўлы, күшли.
Жумыры билегинен таралған тамырлары әдеўир-ақ билинип турады (Ж.Аймурзаев).