БИЛДИРМЕЎ
Қарақалпақша
ф. Хабарламаў, сездирмеў, байқатпаў, аңдатпаў.
Жигит қызды ата-анасына билдирмей атына мингестирип алып қашып кетеди (Қ.Айымбетов).
Бул батырға билдирмей, қабағын қатты үйеди («Қырқ қыз»).
Ол кеште камзолын шешкенде, мен хатқа қызығып апама билдирмей, көрсетпей алдым (А.Бекимбетов).