БИЙПУЛ
Қарақалпақша
кел. Пулсыз, мутқа, ҳақысыз, босқа, ешейин, қақы алмайтуғын, пул алмайтуғын, тегин.
Бийпул дүнья алтын-гүмис, Алты ай жаз, алты ай қыс, Жарлылық деген қыйын ис, Буған дуўшар болған емес (Бердақ).
Еңбегинди еске алып, Бермес бийпул бир жапырақ (И.Юсупов).
Тамағың бийпул муттан түседи (Ө.Хожаниязов).