⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИЙОРЫН

Қарақалпақша

кел. 1. Орынсыз, ретсиз, қолайсыз, жөнсиз. Өзиңнен басқаны кем деме, Бийорын сөзлер сәйлеме («Мәспатша»). Көкиреги қара таўдай, Қылған ислери бийорын («Мәспатша»). Нурхожа бурын көрмеген, сезбеген қыңырлық пенен бийорын қылықты көрип антаңы шықты (Ө.Хожаниязов). 2. Өзинетийисли емес, орынсыз, пайдасыз. Бизден қашып не деп кеттиң сен саяқ, Бийорын жерлерге басыпсаң аяқ («Қырқ қыз»). Жайлап өскен жерлерим, Маңдайдан аққан терлерим, Бийорын жерде сен қалдың (Жийен жыраў).