БИЙМАЗА II
Қарақалпақша
кел. 1. Тынышсыз, тәртипсиз, тынымсыз, жәнжелпаз, шатақ, тентек.
Нурымбетти билесең ғой, оның өзи биймаза адам (Ө.Айжанов).
2. Тыныш емес ўақыт.
Усындай биймаза ўақытта Шыйықназардың мәканына кәктен түскендей, түслери суўық жолаўшылар келе қалды («Әмиўдәрья» ж.).