БИЙКАР
Қарақалпақша
р. 1. Бос, куры, жумыссыз, мәзи, ислемей қарап жүриў.
Билип ислеген ис қалай? Бийкарға жүрдик бир талай (С.Мәжитов).
2. аўыс. Натуўры, өтирик, жалған, дурыс емес.
Әдебинде адамлар енди жыллы болар дескен еди, болжаўлары бийкарға шығып, күн бирден суўытты (Т.Қайыпбергенов).
— Бийкар сөйлеме, биреўди алдама, сен нағыз ҳийлекер, ҳүждансыз жынаятшының басысаң (А.Бекимбетов).
0 Бийкардан-бийкарға жүриў — ҳеш нәрсе ислемей, бостан- бос жүриў, қуры қарап жүриў.
Бирақ, бундай бийкардан- бийкарға ат шаўып жүре берди (С.Айний).
Бийкар етилиў — есапқа алынбаў, тән алынбаў.
Тоғайдың роли толық бийкар етилип киятырғаны мына нәрседен көринип тур ... (П.Шермухамедов).
Бийкар етиў — мойынламаў, тән алмаў, есапқа алмаў.
Нызамда өмири ямаса денсаўлығы қәўип астында болған шахсқа тез ҳәм кешиктириўге болмайтуғын медиңиналық жәрдем көрсетиўди тийкарсыз түрде бийкар еткени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик нәзерде тутылмақта (газетадан).