БИЙИКЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жоқарылаў, бийикке шығыў, дөңге шығыў, өрлеў, бийикке көтерилиў, дөңге көтерилиў.
Оның отырған жери ҳәммеден бийиклеў еди (Т.Қайыпбергенов).
Шарқ ийирип жипти салдым ийикке, Яр келер деп жуўырып шықтым бийикке («Алпамыс»).
2. Өсиў, өрлеў, тасыў, көтерилиў.
Оқыў оқып билмегенди билгеним, Бултты басып бийик таўға мингеним (Ә.Шамуратов).
Кең Үстиртте жайнаған, Талай-талай мың бийик (Т.Жумамуратов).
Талай елден өтеди, Талай жерден өтеди, Неше бийик кумлардан, Неше терең суўлардан, Неше қалың тоғайдан, Иркилмей өтип кетеди (Бердақ).