БИЙЗАР
Қарақалпақша
кел. Безиў, түнилиў.
Сөзин хошламаса да Сәлийма Жәмийланы бийзар етип, мазасын алды (К.Султанов).
Кең болсын жарлыға бермесин азар, Азар көрсе болар өз бириң бийзар (Қ.Ирманов).
0 Ата бийзар — биреўден жүдә түңилиў, кеўли қалыў, жаман адам.
Өлтир ата бийзар нәлетги! — деген даўыс шықты (газетадан).
Бийзар болыў — зеригиў, жалығыў.
Суртайшадай қалмақтан, Халық бийзар болады («Қырқ қыз»).
Бийзар етиў, бийзар қылыў — жалықтырыў, зериктириў, мазасын алыў.
Суўда жүрсең батып-шүмип, Бийзар қылып, ошақ теўип (Әтеш).
Жаман қатын бийзар етер ел-халқын, Сөйлескенде жақсы менен тең болар (Әжинияз).