БИЙДӘРЕТ
Қарақалпақша
кел. 1. дин. Дәретсиз, дәрет алмаған.
... бийдәрет жүриўге болмайды, шырағым, — деп ғарры кумғаның алып сыртқа шығып кетти (газетадан).
2. Ишекти босата алмаўшылық, иштиң өтпеўи.
Еки күннен бери бийдәрет жатқанлықтан иш жүргизетуғын дәри берди (ғазетадан).