БИЙДАЙ
Қарақалпақша
ат. Мәдений егинлер қатарына киретуғын дәнли өсимлик түри, ғәлле.
Жолдың еки бойы ырғалған бийдай,... (Б.Бекниязова).
Жазлық бийдай — бәҳәрде егилип жазда писетуғын бийдайдың түри.
Бул жобадан тысқары өз күшимиз бенен жер сүрип еки жүз гектар жазлык, бийдай егиў деген сөз (Ш.Айтматов).
Гүзлик бийдай — Гүзде егилип бәҳәрде писетуғын бийдайдың түри.
Өткен жылы бизлер еки жүз гектардай жерге гүзлик бийдай егип үлгере алмай қалдық (Ш.Айтматов).
Мәўсим даўамында гүзлик бийдайға тәрбия жумыслары агротехникалық қәделерге сай алып барылды (газетадан).
Бийдай рең — бийдайға усаған түри сарғыш, юоқьизғышлаў.
Бизлер менен узын бойлы, бийдай рең бир бийтаныс жигит келип сәлемлести (Қ.Айымбетов).