⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕТОН

Қарақалпақша

ат. Цемент, қум ҳәм майда тас араластырылып қуйылатуғын қурылыс материалы. ...қурылыс майданшасына таяр түриндеги бетонлар да машиналар менен тасылып атыр (газетадан).... бетоннан қуйылған аяқ соқпаққа түсип, қубла күн батысқа қарай жүрдик (М.Нызанов). БЕТОНЛАЎ ф. Бетон қуйыў, қурылысты бетон менен қуйыў, бетон менен бекитиў. Дослық каналының сағасын бетонлап салды. ...(газетадан). Буған қарсы гүрестиң қураллары бизге мәлим: каналдың еки қапталы ҳәм түбин бетонлаў, ... (газетадан).