БЕТЕР
Қарақалпақша
к.с. Бир заттан, нәрседен артық, күшли, зыят.
Бүгин күн кешегиден бетер суўық екен (газетадан).
...«усы күнлери дәрьяның суўы күн-күннен бетер тасып киятыр (газетадан).
— Бар болса шығар қамшыңды! — деп қайта бурынғыдан да бетер өршеленип, арт бетине жалт-жалт қарай берди (К.Султанов).