⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕРГЕНЕК

Қарақалпақша

ат. Арбаның дөңгелегиндеги көшерди кийгизетуғын гүпшектиң ортасындағы тесигине орналастыратуғын доғал формасындағы шойыннан қуйылған дөңгелек темир. Шықты булар қаладан, Бергенекти майлатып, Аўыр ләшкер айдатьпт («Кырқ қыз»). Бергенегиниң беркинбеген, Дегершигиң диркилдеген, Өгиз жексе зорға жүрген, Арысың да жаман арба (Күнхожа). Арба дегенде бергенек болатуғын еди, бунда ол жоқ (Ш.Айтматов).