⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕЛЕС

Қарақалпақша

ат. Бийик, дөң, қыр, дөңес. Бизге де Алма айтқан бахытқа жетиў ушын булдыр белестерден асыўға туўра келди (Ө.Айжанов). Суўсыз хәптелдик жол басқан сары нар, Бир белестен аса алмай шөгер ме? (И.Юсупов). Бул далада пахтакештиң баласын, Белине бир миндирмеген белес көп (Т.Сейтжанов). 0 Белес-белес — бийик-бийик, дөңес-дөңес, қыр-қыр, дөң-дөң. Алдымызда белес-белес таўлар көринди (А.Бекимбетов).