БЕЖИРЕЙИЎ
Қарақалпақша
ф. Биреўдиң бетине түрин өзгертип қараў, тикленип, тигилип қараў, көзин адырайтыў.
Гүлайша менен Атамурат завучқа бежирейип қарап жуўап күтиўде (Т.Қайыпбергенов).
Жигит патшаны алдамақ болып, «елиңиздиң шетине жаў келди, оннан да соған күшиңизди салың», - деп патшаның бетине бежирейип қарайды (ққ.х.е.).
Көмекбай Шыныбийкеге бежирейип көзин айырмастан, көп ўақытқа шекем қарап отырды (Ж.Аймурзаев).