БЕЖЕРИЎ
Қарақалпақша
ф. Бир исти ямаса бир жумысты ислеп таслаў, питкериў, орынлаў.
...сол тапсырмаларымды бежерсең алтын қусымды аласаң.
... (ққ.х.е.).
Бабаларымызға естелик орнатамыз, оның ҳәмме исин де өзлеримиз бежеремиз демдим (А.Бекимбетов).
0 Бежере алмаў - белгиленген исти ямаса жумысты питкере алмаў, орынламаў, ислей алмаў.
Буның менен тапсырманы бежере алмаймыз (Ш.Айтматов).
... илгери қәдемин қәдирлеў функциясын тийислисинше бежере алмаған (Г.Есемуратов).