БЕДЕН
Қарақалпақша
ат. Дене, тула бойы, адамның барлық денеси, түр-түен, сықылы.
Сүлги менен беденин сүртти (Ж.Аймурзаев).
Ерте жатып ерте тур, Бедениң болсын саламат (ққ.х.н.м.).
0 Ақ беден - тула бойы ақ, ақ дене.
Юпқа додақ, бедени ақ, Әлеўметлер салың қулақ (Әтеш).
Көрсеңизлер бедени ақ, Пери киби жупқа додақ (Бердақ).
Беденге қоллар салы - а) денени услаў, сыйпалаў.
б) денеге қол көтериў, тийгизиў.
Азап-ақырет бергенге, Қоллар салып беденге («Қоблан»).
Беденинен диңке кетиў - денесинен күш кетиў, диңкеси курыў.
Беденинен диңке кетип, ҳазары мийине өтип (Бердақ).