БЕДЕЎ
Қарақалпақша
ат. 1. Жүйрик ат, жылқы.
Усталарды жыйдырып, Бедэўлердиң ер-тоқымын сайлады («Мәспатша»).
- Минген бедэў желер деп, Мәртлик дәўран сүрер деп («Қоблан»).
Бағда бедеў киснейди, Ат болдым деп яр-яр («Алпамыс»).
2. Сын-сымбаты келискен, беккем.
Бул қыз-келиншеклерге тән.
Ол ерик түбиндей беккем, жаны шықса да, сыры сыртқа шықпайтуғын бедэў келиншек еди (Ө.Хожаниязов).
Қатар-қатар наз бебэўлер ойнаса, Қазанларым толы майға қайнаса («Мәспатша»).
0 Бедэў ат - жылқының, аттың жүйриги, шапқыры.
Өлген соң сени ким ядлар, Себил қалар бедэў атлар (И.Юсупов).
Фашистлерди жоқ қылыўға, Минди ҳәммеси бедэў атты (Ж.Аймурзаев).
Алдын барлап аңланбаға, бедэў аттай таңланбаға (С.Мәжитов).