⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҚЫРАЙЫЎ

Қарақалпақша

ф. Бежирейиў, тесирейиў, көзди үлкен етип ашып қараў. Кемпирдиң көзи бақырайып, қолындағы көпшигин торс еткизип, жерге таслады (К.Султанов). Қақпанға түскен қояндай қара көзим бақырайып, ишимнен шыр-пырым шықса да сыртымнан сыр алдырмай отыра беремен (Ж.Аймурзаев).