БАҚСЫ
Қарақалпақша
ат. Халық арасында хәр қыйлы жыйынларда, сондай-ақ, радио ҳәм телевидениеде миллий дуўтар әсбабы менен атқарыўшы халық қосықшысы.
Халық ишинде қосық айтыўшылардын екинши түри бақсылар (Қ.Айымбетов).
Сазла, бақсы дуўтарывды, Жети асырым намасына (И.Юсупов).
Яша! Сүйикли қарақалпақ бақсысы Ещан Қосполатов (Ә.Тәжимуратов).