БАҒЫШЛАНЫЎ
Қарақалпақша
ф. Нийетлениў, арналыў, бейимлениў.
Бизиң қолға киргизген табысларымыз да, алда турған ўазыйпамыз да халқымыздың ийгилигине бағышланған (Ж.Сейтниязов).
Бирақ, бул пәтияның не қаққында кимге бағышланғаны бизлерге белгисиз жумбақ болды (Ә.Шамуратов).
Олар аўыл ҳәм аўыл адамларына бағышланған шығармалардың айырым мәселелери жөнинде түсиник туўдырды (Г.Есемуратов).