⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҒДАР

Қарақалпақша

ат. 1. Бир тәрепке қарай бағыт алыўы ҳәм де жүретуғын жолдың бағдары, тәреп, тус. Артық аға менен Атамурат көлден шығыўдан-ақ «Жиллиниң тоғайына» гуўры бағдар алды (Т.Қайыпбергенов). «ГАЗ-69» маркалы жеңил машина зуўлап қаладан тикке күнбатыс тәрепке қарай бағдар алған үлкен жолға шықты (А.Бекимбетов). Қозы патшадан мәўлет алып, қасқыр менен бирге белгисиз қыздың елине қарай көринғеннен жолдың бағдарын сорап кете береди (ққ.х.е.). 2. Жумыстың, ис-хәрекеттиң жөн-жосағы, ҳәр қыйлы ислердиң бағдары. Сен заманның бағдарын байқайсаң ғой (К.Султанов). Усы бағдарда драматург, пьесаның ҳәзирги аўҳалында тек басланғыш адым атлай алған (Г.Есемуратов). Нағыз азамат, патриот адам бизге үлкен жәрдем көрсетип ўақыянын түп-тамырынан анықлаўға белгисиз, қупыя сырларды жазып бағдар көрсеткен (А.Бекимбетов).