БАҒАНА I
Қарақалпақша
р. Ҳәзирги ўақыттан бурын, жақын арада өткен ўақыт.
Бағана не деди ол? (Ө.Хожаниязов).
Бағана сен «бир қатар адамларды кабинетке шақырып бақырдым» дедин-аў (Ө.Айжанов).
Бағана-ақ: — Сен екениңди бағана-ақ сезип едим (К.Султанов).
Бағанағы: — Лийкин, биз баланың сокпағын қанша нусқап отырсақ та, бағанағы айтқанындай, тәғдирде әзелден маңдайына не жазса, соған бармай қоймайды (К.Султанов).
Бағанағыдан бери: Әжинияз бағанағыдан бери Қажының сөз мийзамынан баяғы Ырыскулға әкелип берген хаттағы жумбақ сөзлерге енди түсинип, иштен: «сонда қай улттан болғаны?» деп дағдырып отыр еди (К.Султанов).
Бағанағыдан берли: Бағанағыдан берли уўайым толқынының бәри тынды, бәри басылды (К.Султанов).