БАЯҒЫДАЙ
Қарақалпақша
р. Бурынғыдай, ертедегидей, баяғы баяғы.
Қалайынша, ол өзин қорлап жүрген адамды баяғыдай сүйе қояр ма?! (Ө.Айжанов).
Баяғыдай әтирапың жал емес, Жекке жарым емес енди жолаўшын (И.Юсупов).
0 Баяғыдан бери — сонша ўақыттан бери, көп ўақыттан бери.
Мен жатқалы, баяғыдан бери оған хат келмеген екен (Ө.Хожаниязов).