БАШҚУРТ
Қарақалпақша
ат. 1. Россия Федерациясының Башқуртстан Республикасында жасаўшы тийкарғы халық (миллет)тиң аты.
Башқурт халқы.
Бирақ, сол бай, сол сулыў тәбият қушағында мийнеткеш башқурт халқы мың жыллар даўамында қысылып, қымырылып, жоқшылықта, хәр тәреплеме езилиўде жасады (газетадан).
2. Башқурт миллетине тийисли.
Башқурт тили.
Башқурт әдебияты.
Башқурт хаял.