⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАТЫС

Қарақалпақша

ат. Күнниң бататуғын тәрепи, күн шығыстың қарама-қарсы тәрепи. Аспандағы қара қоқшыл бултлар батыстан шығысқа қарай жылжып бармақта (Ө.Айжанов). «Жек», бақшаның ишин бир қатар айланып шығып, есиктен шыға сала салма бойын жағалап, бақшаның батыс бетинен арқаға қарай бағдар алды (А.Бекимбетов). Оннан кейин бойын тиклеў менен туўра батысқа бет алды (Т.Қайыпбергенов).