⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАТЫРЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир затты жерге киргизиў, синириў, синдириў. ... ушы шығарылған қазықты жерге батырды да төбесинен балта менен урды (Ө.Айжанов). 2. Суў ямаса суйық затқа бир нәрсени малыў, суғыў, салыў, басыў. Қабақты суўға батырып отырса да, еки көзи дәрьяның әрине тигиледи (К.Султанов). ...тумсықларын суўға батырып, күнди шокығаңдай болды (А.Бегимов). 0 Күлкиге батырыў — кеўлин көтериў, кеўиллениў, ўақты хошлық етиў, шадланыў. Ойын? ... ҳаҳа-ха-ха!... ўай, Арыўхан-ай күлкиге батырып тасладың аў, пай! Анаң пақыр сени көп еркелетти (И.Юсупов). Қарызға батырыў — басқа адамнан ақшалай ямаса затлай ҳәр түрли нәрселерди көп алыў, көп бериў. Орыс байлары Түркстан дийқанларына пахта егиў ушын әдептен пул берип, ерксиз қарызға батырып турған (Қ.Ирманов). Ойға батырыў — бир нәрсеге ойландырыў, ойланыў. Бундай аўыр «ойынға» тосыннан араласкан баланың жүреги шоршынып, әлле қандай бир аяныш сезими кеўилин қобалжытты ҳәм ойға батырды, ... (К.Султанов). Қарасын батырыў — көринбей кетиў, жоқ болыў, басқа жаққа жибериў. Қолайын тапса, Қылышбайдың да қарасын батырыў (Қ.Аралбаев). Сөзди батырыў — қатты сөйлеў, кеўлине тийиў, қапа қылыў, кейиў. Шамурат Григорийге сөзди батырып-батырып айтты (Қ.Досанов). Күнди, айды, жулдызды батырыў — күнниң түнге айланыўы, түнниң күндизге ашаныўы, узақ күтип отырыў, күнди я түнди күтиў. Усы аўылда таң атарда гүл жарып, батырғанман талай үркер, шолпанды (К.Султанов). Тырнағын батырыў — зорлық етиў, үстемлик етиў. Душпан тырнағын қатты батырды, ... (Ә.Шамуратов). Тумсығын батырыў — жаўдың кириўи, қарсы келиўи. Ўатанымыздың жан-тәни мәнен жаўлардан саклағысы, тумсығын батырайын деген душпанды аямаса ол сөзсиз қуўанады деп ойлайман (Ә.Шамуратов). Рәҳәтке батырыў — жаны жай табыў, рәҳәтлениў, ҳәзлениў. Терек астында дем алып, бираз рәҳәтке батып қалдым, ... (Қ.Айымбетов). Жанына батырыў — жанына тийгизиў, жулынына тийиў, шоршындырыў. Кемпир жанына батырып бир гәп айтты оларға (ққ.х.е.). Терең батырыў — қатты тийиў, батыў. ... «көп қорқытар, терең батырар» деген көптиң айдынына бата алмай,... («Мәспатша»).