⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАСҚЫШ

Қарақалпақша

ат. төменнен жоқарыға минип түсиў ушын аяқ салатуғын, басатуғын текше, миндирги. жоқарғы полкаға шығатуғын зәңгиниң төменги басқышында еки жигит сөйлесип тур (н.дәўқараев). баслық кеңсениң сыртқы есигиниң алдындағы басқышқа шықты (ө.хожаниязов); тарийхый, мәдений-руўхый, социаллық-экономикалық раўажланыўдың белгили бир дәрежеси, дәўири. бул шайырлардың творчествосы арқалы қарақалпақ әдебияты жаңа басқышқа көтерилди (б.исмайлов). пытыраңқы жарлы аўыллар турмыстың жаңа басқышына, колхозға кириўге жалпыламай бет бурған дәўир (қ.досанов); дәреже, этап. ... бул команда район басқышында 1-орын, республика басқышында 3-орынды ийелеўге миясар болды (газетадан); белгили бир тутас, ис-ҳәрекетти әмелге асырыўдың айырым-айырым дәўирлери; биол. , мед. биологиялық раўажланыў дәўириБАСҚЫШЛЫ кел. Басқышы бар, минип түсетуғын, текшелери, миндиргилери бар. Шәрдәреге басқышлары арқалы көтерилдик (Қ.Айымбетов).