БАСҚУР
Қарақалпақша
ат. қара үйдиң ишинен айландырып орап қоятуғын, енли етип нағыслап тоқылған зат.
еки басқурдың ортасында мурынның қанындай қып-қызыл дизбе уўықлары бириктирип тур (с.хожаниязов).
жүкти басқурдан асырып жыйнаған (ғ.изимбетов).
♦ ақ басқур, қызыл басқур — басқурдың түрлери.
ендигиси қара үйдиң ақ басқуры қызылбасқурдың ериси (б.бекниязова).
оннан төмен ақ басқур, оннан төмен қызыл басқур (с.хожаниязов)