БАСЫНДА
Қарақалпақша
р. 1. Өзинде, үстинде, орында.
Қарағым мениң жасында, Жасыл қалпақ басында (ққ.х.қ.).
2. Ис үстинде, жанында.
...ертеңине палўан өзине тийисли жумысты атқарып бир шелдиң басында отырды (Ө.Айжанов).
3. Әўелде, әдепкиде, ертеде, дәслепте, озалда, әййемде.
Бул исти буған қаратпай-ақ басында ислеп тайын етиў керек еди (газетадан).