⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАССЕЙН

Қарақалпақша

ат. 1. Суў жыйналып туратуғын жер, көлшилик, ҳәўиз. Жер ҳәм суў бассейнлеринен мақсетсиз пайдаланып атырған тәбийғый ҳәм жасалма суў бассейнлерин хатлаўдан өткериў (газетадан). 2. геогр. Бир көлге қуйған барлық көп суўларды және онын қуятуғынларын бириктирип турған аймақ. Волга дәрьясының бассейни ең ири бассейнлерден есапланады (газетадан). 3. геол. Жер асты байлыкдарының шығатуғын жери, орны, мәканы. Тас көмир бассейнинен көмир көплеп басқа жерлерге де кетип атыр (газетадан). 4. спорт. Жүзиў спорты ушын арнаўлы иеленген жасалма суў хәўизи, бассейн майданшасы. Нөкис қаласындағы бассейнлерге окыўшыларды алып барып, жүзиў бойынша да сабақлар өтилсе мақул болар еди (газетадан). Балалар спортын раўажландырыў қоры есабынан қалада бақасы 4,7 млрд. сумлық 25x11 өлшемдеги ҳәўиз бенен бассейн қәм 18x30 өлшемдеги спорт зал қурылып, балаларымыздың спорт түрлери менен шуғылланыўына жақсы шараят жаратылды (газетадан).