ат I 1. Адамзат пенен хайўанаттың ең жоқарғы бөлеги, мүшеси, мийдиң орналасқан жери.
Басың екэў болмай малың екэў болмайды (ққ.х.н.)... барлық топырақты басыма шаша берген екенмен (Ж.Аймурзаев).
Ат басына күн туўса, аўыздығы менен суў ишер, ер басына күн туўса, етиги менен суў кешер (ққ.х.н.).
2. Ҳәр түрли өсимликлердиң ағашлардың шөплердиң ең жоқарыдағы ушы, төбеси.
... жүўериниң баслары атдорбадай (Т.Қайыпбергенов).
«Мийўе питпес, дарақ басы төселген».
Жанды қыйнап, тырыстырган тамырды, Сақлағайсаң менменшилик кеселден.
(Т.Жумамуратов).
Бийдайдың басы сарғайып, қармаққа айланды (газетадан).
3. Жайдың, үйдиң, тамның басы, ... басына жуўериниң шиңгиригин толтыра үйғен жайға келип иркилди... (Т.Қайыпбергенов).
Куры там басында деп айтып атырман (Т.Қайыпбергенов).... үлкенлердиң исин үйренгиси келгендей там басларына минип қарап турыпты (Т.Қайыпбергенов).
4. Таўдын, қырдың, мунараның ҳәм басқа да нәрселердиң төбеси, ең үсти, бийик жери, шыңы.
Атын айтып аяўсыз, Шықты таўдың басына («Қырқ қыз»).
Таў басында ойнар жайран, Жүзин көрип болдым қайран (И.Юсупов).
5. Бир нәрсениң басламасы, дәслепки ўағы.
XIX әсирдиң басында Хийўа ханына қарсы көтерилис жасаған, ... (Қ.Айымбетов).
Табыслардың басын баслаўдан-ақ дем алыўшылардың қол шаппатлаўлары гүркиреп жайдың төбесине тирелди (Т.Қайыпбергенов).
Басын басласаң, аяғын өзим түсинемен ғой (Қ.Ирманов).
6. Бир нәрсениң айланасы, дөгереги.
... улыўма халық басына аўыр қайғы түсти,... (Т.Қайыпбергенов).
Жер басына жеткеннен соң, Туў тигилди қумға бийик (И.Юсупов).
7. Сан муғдары менен есапланғандағы дана, шама, муғдар.
Көлик маллары 27928 бас (газетадан.).
8. Атқаратуғын хызмети жағынан жоқары, басшы лаўазымда ислеўши.
Жас ҳәм тәжирийбеге ийе қәниге 1986-жылы тери кеселликлери диспансерине бас шыпакер лаўазымына тайынланды (газетадан).
Бас есапшы менен кәсиплик аўқамнын баслығы шығып кетти де, изинше жазыўшы Мухамедов кирип келди (М.Нызанов).
Усы ўақытта бас инженер кирип келди де, екеўимиз үнсиз қалдық (К.Мәмбетов).
Көбей, бәлким, бас редактордың дәлкеклесетуғын жорасы болса керек (Ә.Қарлыбаев).
9. Адамның жеке дара өзи, киси.
Бирден келдик еки жасқа, Не саўдалар түсти басқа (Әтеш).
10. Тийкарғы, негизги.
Мен өзим Алланың қас бендесимен, Өзиме жүргенниң жүргенниң бас бендесимен (Күнхожа).
Жас болса да перийзат.
Бул қызларға бас еди («Қырқ қыз»).
11. Балтаның, шөккиштиң тағы басқа да усы сыяқлы курал-сайманлардың жүз бети, жағы, тийкарғы жери.
Балтаның басын беккемлеп, сына қақты (Б.Бекниязова).
12. Таяқтың, бақанның тағы басқа да усындай нәрселердиң жуўанлаў жағы, жумыр бети.
... арбашының қолындағы таяғының басы жарылып кетипти (Б.Бекниязова).
13. Көлдиң, дөрьяның, каналдың, таўдың, булақтың басланған жери, жоқарғы жағы, бети.
Әмиўдәрьянын басы Памир таўдан басланады (Н.Дәўқараев).
Аўыс. Басың екеў болмай малың екеў болмайды (ққ.х.н.).
0 Бас қәрип — Үлкен ҳәрип.
Жазыўда ҳәр бир ғәп бас ҳәрип пенен басланады.
(Қарақалпақ тили сабақлығы).
Жалаңбас — басында кийим жоқ, басына ҳеш нәрсе киймеген, бас кийимсиз.
Шерип жалаң аяқ, жалаңбас булардың үстине кирип келди (Қ.Ирманов).
Жалғыз бас — қара басы, жекке басы, жалғыз өзи, өзинен басқа ҳеш кими жоқ, куры өзи.
Жалғыз басым қалдым (Қ.Әўезов).
Жумабай жалғыз баслы болды (К.Султанов).
Бас аўырыў - а) Бастың аўырыўы, бастың айланыўы.
Базылар бас аўырыўы, бас айланыўы ҳәм шаршаўды қан басымының асыўы ақыбетинде келип шығады деп есаплайды (газетадан).
б) Биреўге қолайсызлық жаратыў, қарсы келиў.
Басын сүйэў — жығылган адамға жәрдемши болыў, басын жоқары көтерип отырыў, демеў, жәрдемлесиў, көмеклесиў.
Әри-бери Әўезовтын басын сүйеп, «шырағым, шырағым« деп атыр (Т.Қайыпбергенов).
Басынан кешириў — өзиниң өмиринде бир қанша қыйыншылықларды басынан кешириў, ушыратыў.
... усыншама қыйыншылықты басынан кеширип жүр (Т.Кдйыпберғенов).
Бас қәде — басқа биреўлерге берилетуғын саўға, сыйлық, сарпай.
Ҳәзирги бас қәбе Айтбайды мәрдикарлықтан алып қалыў болсын, — деди жаўшының биреўи уры күшиктей жылмындап (М.Дәрибаев).
Бас бармақ — биринши үлкен бармағы, саўсағы.
Бас бармағын жағына таянып отырған кемпир бир қарап қойды (К.Султанов).
— Өзимниң мынандай, — бас бармағын шошайтты да атын тепсинди (Ш.Сейтов).
Бас қосыў — қатарға қосылыў, биригиў, уйымласыў, кеңесиў, мәмлесиў, биргелесиў, шөлкемлесиў.
Басымды қоссам қатарға, Жигитликтен миним жоқ (АДабылов).
Бас қосқан жеримиз мақпал төсеп қойғандай көк-көңбек (Ө.Хожаниязов).
Бас кетиў — өлиў, қурбан болыў.
Үсти-үстине есикти аш, Ашпасаң кетер сизден бас! (Бердақ).
Бас кийим — басқа кийетуғын кийим.
Басыңдағы кийимиңдей, Ығбалың шым қара еди (И.Юсупов).
Басқа түсиў — қыйыншылыққа ушыраў, түрли қыйын-қыстаў жағдайға ушыраў, ғезлесиў, дуўшар болыў.
Басыма түсип тур қайғы қуяшы, Соңы бузық бийперзенттиң уясы («Мәспатша»).
Бас сүйек — адамзаттың ямаса хайўанаттың басының сүйеги.
Бирақ, бас сүйегинен өтпеди де қулаққа қарап тайып кетти (С.Хожаниязов).
Бас орамал - басқа тартылатуғын, орайтуғын кишкенелеў шаршы, орамал.
Басыңда орамал желбирер ярым, Сен кетсең көзлерим телмирер ярым (ққ.х.қ.).
Басына көтериў — а) Өз басынан асырып көтериў; б) Аса хүрметлеў, жүдә сыйлаў; в) шаўқым шығарыў, шуўласыў, тәртипсизлик қылыў.
Олардың шүйкилдиси, атлардың киснескени әтирапты басына көтерди (газетадан).
Бас тартыў — көнбеў, көнликпеў, биреўдин усынысына бағынбаў, қайыл болмаў, қарсы болыў.
Бирақ, гөне әдебий мийрасқа барқулла бас тартыўға, оннан дым пайдаланбасқа да болмайды (Қ.Ирманов).
Бастан-аяқ — бәри, барлығы, түўели менен, басынан аяғына дейин.
Поэма бастан-аяқ уллы социалистлик әҳмийетке ийе болған халықтың қымбатлы сөзлери менен толы (ққ.
әдебияты).
Басына келиў — биреўдин басындағы ўақыяның екинши биреўге өтиўи, келиўи.
Күлме достыңа келер басыңа (ққ.х.н.).
Бас-аяғы — истиң басы ҳәм аяғы, бары-барынша.
Уәдесиниң жоқ аяғы я басы, «Бир ҳәптеде жети рет жумысы» (Б.Исмайлов).
Бас болыў — бир нәрсеге басшылық етиў, басқарыў, меңгериў.
Аўылда болған бас жигит, Сизиң аўыл қайда болар (ққ.х.н.).
Басын ораў — шаршы ямаса орамал менен ораў, тартыў, жамылыў.... оларды шыйырып басыма орадым.
... (Ж.Аймурзаев).
Басына бүркениў — жамылыў, ораныў.
... Гүлим басына бүркенген кийимин ийнине түсирди (Т.Қайыпбергенов).
Бас қайғы — Өз басының уўайымы, муны, қайғысы.
Бул қалған баспашылардың да саўлары өз басларының қайғыларын ойлап қашыў менен болды (газетадан).
Бас тигиў — жолында пида болыў, қайыл болыў, жолына қараў, қараслы болыў.
Бас тигиппен Хан-Саяттың жолына, Көзи яшлы Сәрби ярым қал енди (ққ.х.қ.).
Басына жетиў — опат болыў, қурбан болыў, қаза табыў, өлиў.
Усы Қәмекбай өзиниң де, ғаррының да басына жетеди (Ж.Аймурзаев).
Қызға алған малы жетти басына (С.Хожаниязов).
Бастан кешириў — аўырманшылықты, қыйыншылықты, түрли хәдийселерди басынан кешириў, өткериў, көриў.
Қандай хәдийселер басымыздан кешпеди дейсең (Ж.Аймурзаев).
Талай тартысларды бастан кеширип, Мапазында турмыз уллы сынақтың (Ш.Мәмбетмуратов).
— Кемпир гөззал еди, ғарры мәрт еди, Мерекелерде болған талай жасынан.
Екеўин де ашық оты өртеди, Әрман менен жаслық өткен басынан (Т.Жумамуратов).
Бас себепши — бир нәрсеге тийкарғы себепши болыў.
«Бегжап» қанлы ўақыясының бас себепшиси Турдықылыш хәм Қасым, ... (Т.Қайыпбергенов).
Бас көтериў — а) жаўға қарсы шығыў, көтерилис баслаў.
Шыдамай хорлық азапқа.
Бас көтерди мийнеткеш (Х.Сейтов).
б) басшы болыў, басшылық етиў, бас болыў.
Усы аўылдың бас көтерген жигитлериниң бири хәм абырайлы батрачком ғой (Т.Қайыпбергенов).
Бас қатырыў — бир нәрсе ҳаққында ойланыў, соның менен бәнд болыў.
Жыллар бойы уйқысыз бас қатырдым.
Талай таңды ой үстинде атырдым (Т.Сейтжанов).
Бас ўазыйпа — тийкарғы, негизги жумыс, мийнетли хызмети.
Халыққа хызмет етиў — бул дәстанның геройларының бас ўазыйпасы (Қ.Мақсетов).
Бас қахарман — ўақыяның баслы қахарманы.
Бирақ бизиң бас қаҳарманымыз «бийкар сескенген» екен (М.Нызанов).
Басқа бәле болыў — дөҳмет болыў, қайғы болыў, мүшкил болыў, қыйыншылық болыў.
Қәдимги артықмаш күш базда басыңа бәле болады (Ш.Сейтов).
Басын алып кетиў — өз басын алып кетиў, қаңғырып кетиў, шығып кетиў.
Ол базда жақсы-жаманды андамай, өз басына кетип қалады (Ж.Аймурзаев).
Бас сыйпаў — биреўдин я өзиниң басынан сыйпаў.
Бирақ сыр билдиргиси келмей, Олардың басын сыйпады (Ж.Абдраймов).
Басы көкке жетиў — мурат-мақсетине жетиў, қуўаныў, бахытлы болыў, ойлағанына жетиў.
Басы көкке жетеди (Х.Алимжан).
Жаманлық жаўдың басына — душпанға жаман тилек тилеў.
Жаманлық жаўдың басына (К.Султанов).
Басынан кешириў — турмыстағы қыйыншылықты, аўырманлықты бастан кешириў, бастан өткериў.
Көп қыйынлық кешип бастан, Жазға жеттим өлип қалмай (Б.Исмайылов).
Бас алыў — геллесин алыў, басын кесиў, өлтириў, қурбан қылыў, басын шалыў.
Хийўа ханы қасарып, Мал орнына бас алып, еки жақтап талады (К.Султанов).
Жаўдың басы — душпанның алды бети, бас бети.
Жаўдың басын кеспегенше, Ерликтиң қәдирин билмес (А.Дабылов).
Баста турыў — ең алдында болыў, алдында турыў.
Жас деген зор күш колхозда.
Қай исте көрсең баста тур (Б.Қайыпназаров).
Басын жалмаў — басына жетиў, өзиниң ислеген жаманлығы ушын өзи зыянда қалыў, өзи жәбирге ушыраў.
— Ҳәй улым, халыққа ким жаманлық етсе, өз басын өзи жалмай береди (С.Хожаниязов).
Бас ғуўлаў — басы мең-зең болыў, басы айланыў, мий айланыў.
Тула бойым титиреп басым ғуўлап ес-ақылымнан айрылғандай болдым (А.Бекимбетов).
Бас жарыў — а) егинниң дән салар алды, ҳәр түрли өсимликлердиң, гүллердиң ашылыўы дән салар алды.
... Колхоз жүўерилери жаңа ғана бас жарып киятыр (газетадан).
б) басын, геллесин урып бузыў, басын жарыў.
Мынаў пәтиңнен, егер қапыда асылып кишкене бала турса, басын жарар едиң (Т.Қайыпбергенов).
Ошақ басы — үйдиң иши, үйдеги ошақтың басы.
... ҳаял ошақтың басына бир дизерлеп отырды (Т.Қайыпбергенов).
Бас теңгериў — өзи менен бирдей көриў, теңбе-тең қараў.
Жалғыз күн болса да ханға султанға, басымды теңгерип көндирдим (А.Дабылов).
Бастан асыў — жумыс көп болыў, молшылық.
Әссалам ол, қазақтың астанасы, Келдим мен қуўанышым бастан асып, ... (И.Юсупов).
Ат басындай — ири, үлкен, ең жақсы, уллы.
Он ай қурсақ көтерди, ақ жарылқап күн туўды, ат басындай ул туўды («Алпамыс»).
Озал бастан — ең дәслептен, әўелден, әййемнен.
Бурыннан қарақалпақ хәм де өзбек, Озал бастан бир туўысқан (Х.Турымбетов).
Усы бастан — тап ҳәзирден баслап.
Комсомол шөлкеминиң барлық тапсырмаларын усы бастан орынлай билиў керек (Т.Қайыпбергенов).
Истиң басы — а) исленип атырған жумыстың басы.... бул күнлери истиң басында болмасаң болмайды (газетадан).
б) бир жумыс пенен бәнд болыў, жумыстың ийеси болыў, машғул болыў.
Мен я қап қолласыўға болмасам, я бир истиң басында болмасам, кимге дәркарман (Ө.Хожаниязов).
Бас салыў — ҳеш нәрсесине қарамай, кеўлине келгенин ислеў.
... жумыс таслаған жумысшыларды бас салып ата берди (газетадан).
Бастан шығарыў — ойдан шығарып жибериў, умытып кетиў.
Ал, байлар заманы қайтадан болады деген сандырақты бастан шығарыў керек (Т.Қайыпбергенов).
Бас ғамы — ҳәр кимниң өзиниң мақсети, тилеги, мүддеси, әрманы.
Ақырында өз басының ғамын ойлады (Т.Қайыпбергенов).
Басы байлаўлы — ийеси бар, ийели, адамы бар.
Бирақ олардың биразы басы байлаўлы болды (К.Султанов).
Басынан мийнет кетпеў — ҳәмме ўақыт мийнетке дус болыў, хызметте болыў, жумыс ислей бериў, тыным таппаў.
Басынан мийнет кетпеген, Шекпени дизеге жетпеген (А.Дабылов).
Сөз басы — кирисиў, сөйлей баслаў, кирисе баслаў.
... бир нәрсе ҳаққында сөз баслағысы келеди (Т.Қайыпбергенов).
Гәп басы — сөйлеўге кирисиў, сөйлей баслаў.
Гәптиң басы ийне болады, ийнениң түби гийне болады (ққ.х.н.).
Бас мақала — газета, журналдың ең биринши мақаласы.
Ербай газетаның бас мақаласын оқып жиберди (газетадан).
Бас ийзеў — а) ийегин силтеп аманласыў, басын қыймылдатыў.
Мен тек басымды ийзеп хүрмет етип, кеўлимди билдирип атырман (Ө.Хожаниязов).
б) мақуллаў, бар нәрсеге келисим бериў.
Басын ийзеп мақуллағандай болады (Ә.Шамуратов).
Бас ийиў — мойынсыныў, көниў, көнлигиў.
Тилимди алмай досларым.
Хан алдына барғанман, Басымды ийип қолымды, Қаўсырып сәлем бергенмен (Бердақ).
Ақбас — басынан ақ үпелек шығаратуғын өсимликтиң бир түри.
Бир ўақытта тас төбеге тикленген гүңгирт булт гүздеги ақбастың үпелеклериндей жапырақланып жаўа баслады (Т.Қайыпбергенов).
Бас шайқаў — бир нәрсеге өкиниш билдириў, өкиниў, азарланыў, қыйналыў.
— Эй қосшым, — деди Серкебай басын шайқап, — қыйын болған екен (Т.Қайыпбергенов).
Бас шулғыў — қуўаныш билдирип басын ийзеўи, ийек қағыўы.
Сонда мазатланып, ескекшисине қарап басын шулғыды (К.Султанов).
Бас байлаў — тақ турыў, қандай ис болса көнлигиў, қәўип-қәтерден бас тартпаў.
Бас бәйге — сыйлық, мийнетиниң жеңиси, гүреске шыққан бас палўанға, топтан озған жүйрикке берилетуғын биринши байрақ.... бас бәйгеге бир гилем алды (газетадан).
Бас палўан — тойда, жыйында, мерекеде гүреске түсиўшилердин ең таңдаўлысы, атақлысы.
Бас урыў — биреўдиң алдына барып жығылып жалыныў, жалбарыныў.
Хан алдына келип дийқан бас урып жалбарынды,... (ққ.х.е.).
Басы бос — ҳеш ким ийелик етпеген, ески үрп-әдет бойынша ержеткен қызды ямаса ери жоқ ҳаялды биреўге атастырмаған, басы ашық қыз ҳәм ҳаял.
... бул ҳаялдың ҳәзиринше басы бос, ... (Қ.Аралбаев).
Бас-аяқ — истиң басы және де аяғы, барлық бары, жәми, барлығы болып.
Бас-аяғы ғаррының берген кеңеси усы болды (Ө.Айжанов).
Бас байрақ — ең жоқарғы саўға, сыйлық.
Алпыс болды бас байрағы, Отыз болды салым хақы (Бердақ).
Бас-басы — дара-дара, жеке-жеке, ҳәр қайсысы.
... «бас-басына, турымтай тусына» дегендей қаша баслады (Қ.Ирманов).
Бас жалмаў — басын алыў, басын жутыў, басына жетиў.
Мына пейилиң турғанда, Ақылсыз туўған достым-аў, Өз басынды жалмарсаң (Бердақ).
Бас-бүкил — ҳәммеси, жәми, бәри, барлығы, биротала.
Аяғы бас-бүкил истен шыққан (Сейтов).
Бас елши — бир елге жиберилген басшы адам, еки аўылдағы ҳәдийсени, ўақыяны келистириўши адам, басшы киси, басқарыўшы, елши.
... бас елши өзге болып аға жеңгесиниң рийзалығын алып келди (К.Султанов).
Бас былғаў — шайқаў, қозғаў, шайқатыў.
Тоғай шақырып бас былғаған, Жер бетине салып сая (И.Юсупов).
Бас жип — ҳайўанаттың басына байланатуғын жип, арқан.
... сыйырдың бас жибине асылып Кулымбет бийдиң аўылына шубырып киятыр (К.Султанов).
Бас айланыў — мийи мең-зең болыў, мийи айланыў, ... я мениң басым айланып, есимнен кетип турман ба деп,... үним шықпай қалыппан (А.Бекимбетов).
Бас қала — ең үлкени, орайы.
Сәлем Ташкент, меҳрибанлы бас қалам, Қарақалпақ баўырыңнан әссалам (Т.Жумамуратов).
Бас-көзге қарамаў — басына, көзине қарамай, бас салып урыў, сабаў, дуў-сыйына қарамаў.
Хожайынлар басқа-көзге қарамай, Қамшы үстине қамшы урып (Әтеш).
Бас қонақ — қонақлардың ишиндеги ең жасы үлкени, қәдирли, сыйлы адамы, тийкарғы қонақ адам.
Ол бираздан бери көбинше шайдың ўақтында үйиниң бас қонағы еди (Р.Тагор).
Бас қоспа — жыйналыс, мәжилис, бирлесиў, шөлкемлесиў, уйымласыў.
«Саламат ана ҳәм бала жылы» мүнәсибети менен өткерилген бас қоспа мәжилис бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берип, еле де тығыз ислесиўге тийкар жаратты (газетадан).
Бас қосыў — биригиў, жәмлесиў, аўқамласыў.
Еки жақсы бас қосса, Қыл өтпейди арадан (ққ.х.н.).
Бас қосысыў — қ. бас қосыў.
35 жыл бас қосқан адамына ойласпастан Темирхан ата бир күни колхоздың баслығына арза етти (Т.Қайыпбергенов).
қайғы — жан сакдаўдын ҳәрекети, усылы, ҳәмели, тәсили.